Get Mystery Box with random crypto!

"Шахтемир" жаслары

Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары Ш
Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары
Канал дареги: @shaxtemir
Категориялар: Жаңылыктар
Тил: main.Kirgizian
Абоненттер: 152

Ratings & Reviews

3.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Акыркы Кабарлар 6

2023-04-13 19:32:13
#ХАБАРЛАНДЫРЫӮ

Шымбай районы Халық бәнтлигине көмеклесиў орайы 2023 - жыл 19 - апрель күни саат 14 : 00 де Шымбай районы медицина бирлеспесинде бос жумыс орынлары ушын орта мағлыўматқа ийе болған пуқараларды тест сынағынан өткериў арқалы бос орынларға жумысқа қабыл ететуғынлығын мәлим етип билдиремиз.

Пуқараларымыздан шахсын тастыйқлаўшы хүжжет (паспорт) ҳәм қәнийгелиги бойынша хүжжет (диплом) алып келиӯи шәрт.

Мәнзил: Шымбай районлық медицина бирлеспеси имараты

Телефон номер : 91 - 387- 75 -05
99-626 -90- 00

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў :
https://t.me/shimbayrk
52 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 16:32
Ачык / Комментарий
2023-04-13 19:30:29 ! Шымбай районында айрым аймақларда ўақтынша газ өшеди

Шымбай районы газ тәмийнаты бөлими Сизге томендегилерди билдиреди себеби, Шымбай районы “Бердах” мәкан пуқаралар жыйыны аймақларын табийғый газ бенен тәмийинлеп турған Д-219 мм болған жер асты орта басым газ тармағында ремонт жумыслары жүргизилиўине байланыслы 2023-жыл 14-апрель күни саат 08-30 дан баслап кешки саат 19-00 ге шекем “Шахтемир” МПЖ Гагарин,Тлеўмуратов,Ф Кабиров көшелери “Көкши кала” МПЖ аймағында С.Камалов, Каракулов, Арзекеев, А.Турымбетов көшелери “Қара көл” МПЖ аймағында Ш.Мусаев, Ж.Хамидуллаев көшелери “Гүжимли” МПЖ аймағында Тыныбаев көшеси “Жипек жолы” ҳәм “Бердах” МПЖ аймаклары толығы менен табийғый газ жеткерип бериў ýақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз
Оңлаў жумыслары жуўмақланғаннан соң табийғый газ тәмийнаты қайта тикленеди газди ашып жағыў ўақтында тутыныўшылардан техника қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди соранамыз.

Шымбай районы газ тәмийнаты бөлими
49 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 16:30
Ачык / Комментарий
2023-04-13 17:25:30
Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

«Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде 1982-1992-жыллардағы «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды.

Жойбар Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылған.

Платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылған. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «Play Market»ке жүкленген ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин https://tusindirmesozlik.uz арқалы излесеңиз болады.
54 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 14:25
Ачык / Комментарий
2023-04-13 16:35:07
Шымбай районының көше бийлери Жоқарғы Кеңес Баслығына бир қатар мәселелерди көтерди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев район халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде Шымбай районының көше бийлери, мәҳәллелер белсендилери менен ушырасты.

Ушырасыў басында Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары, халқымызға мүнәсип шараят жаратыў бағдарындағы ийгиликли басламалар бойынша кең түрде атап өтти.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Шымбай районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар бойынша да атап өтилип, бул ийгиликли басламаларды еле де даўам еттириў, халық арасындағы шешимин күтип турған, ең зәрүрли, биринши дәрежели машқалаларды шешиў ушын оларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесилди.

Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды ҳәм алдағы ўақытта шешип бериў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ушырасыўда халық абаданлығы жолында елимиздиң аўызбиршилигин сақлап, биргеликте ҳәрекет қылынса ҳәмме мақсетлерге ерисилетуғынлығы, барлық ийгиликли әмеллер, әлбетте, өз нәтийжесин бериўи айрықша атап өтилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter
57 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 13:35
Ачык / Комментарий
2023-04-12 12:16:11 Бугин саат 15.00 де Биржанын имаратында (бурынгы ЗАГС) бос жумыс орынлары ярмаркасы откериледи. Қалеўшилер барып бос жумыс орынлары менен таныссаңыз болады.
72 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 09:16
Ачык / Комментарий
2023-04-12 06:08:43
Mini futbol boyınsha Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti kubogı aymaqlıq basqıshına start berildi.

Máhállemiz atın qorǵap maydanǵa túsetuǵın jaslarımızǵa áwmet tileymiz.
71 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 03:08
Ачык / Комментарий
2023-04-11 20:10:27
#Спорт

"Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" футбол жарысларына старт берилди

Бүгин Шымбай районында футбол ҳәм киши футбол бойынша "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" футбол жарысларының районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими А.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шымбай  районлық бөлими баслығы С.Жолымбетов, райондағы сектор  баслықлары  ҳәм спортшы жаслар қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар жас спортшыларға алдағы ойынларда әўметлер тиледи.

Буннан соң 22  команда 4 топарға бөлинип, дәслепки ушырасыўларға старт берилди.
Футбол жарысларының районлық басқышы апрель-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады. Жарыстың районлық басқышына 600 ден аслам мәҳәлле жасларының қамтып алыныўы режелестирилген.

Ашылыў салтанаты районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
74 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 17:10
Ачык / Комментарий
2023-04-08 07:41:07
Futbol hám mini-futbol boyınsha MQX kubogi baslanbaqta

Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti
hámde Jaslar siyasatı hám sport ministrligi salamat turmıs tárizin úgit-násiyatlaw, jaslar arasında futboldı ǵalabalastırıw, sonday-aq olar arasınan kúshlilerdi anıqlaw hám qollap-quwatlaw maqsetinde futbol hám mini-futbol boyınsha dástúriy Mámleketlik qáwipsizlik xızmeti kubogi start alǵanın járiyalaydı. Eń itibarlısı, usı jıl mini-futbol boyınsha qızlar ortasında da jarıslar ótkeriledi.

https://t.me/shaxtemir
18 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, edited  04:41
Ачык / Комментарий
2023-04-08 06:04:30
Өмир гөззал! Егер әтирапқа жақсылап анықлап қарасаңыз сизди бахытлы ете алатуғын жүдә көп нәрселер бар екенин көресиз.

https://t.me/shaxtemir
31 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, edited  03:04
Ачык / Комментарий
2023-04-08 05:51:59
Bes baslama olimpiadasi shenberinde sporttin Jenil atletika turi boyinsha mahalle basqishi 8-aprel kuni saat 10:00 de 41-mektepte bolip o'tedi.
32 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, edited  02:51
Ачык / Комментарий