Get Mystery Box with random crypto!

#Спорт 'Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги' футбол жарысл | "Шахтемир" жаслары

#Спорт

"Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" футбол жарысларына старт берилди

Бүгин Шымбай районында футбол ҳәм киши футбол бойынша "Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги" футбол жарысларының районлық басқышының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими А.Тажетдинов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шымбай  районлық бөлими баслығы С.Жолымбетов, райондағы сектор  баслықлары  ҳәм спортшы жаслар қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар жас спортшыларға алдағы ойынларда әўметлер тиледи.

Буннан соң 22  команда 4 топарға бөлинип, дәслепки ушырасыўларға старт берилди.
Футбол жарысларының районлық басқышы апрель-май айлары даўамында өткерилип, жеңимпаз командалар кейинги басқышқа жоллама алады. Жарыстың районлық басқышына 600 ден аслам мәҳәлле жасларының қамтып алыныўы режелестирилген.

Ашылыў салтанаты районлық мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.