Get Mystery Box with random crypto!

Шымбай районының көше бийлери Жоқарғы Кеңес Баслығына бир қата | "Шахтемир" жаслары

Шымбай районының көше бийлери Жоқарғы Кеңес Баслығына бир қатар мәселелерди көтерди

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев район халқының абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп алыў мақсетинде Шымбай районының көше бийлери, мәҳәллелер белсендилери менен ушырасты.

Ушырасыў басында Жоқарғы Кеңес Баслығы сөзге шығып, ҳүрметли Президентимиз басшылығында бүгинги күнде елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары, халқымызға мүнәсип шараят жаратыў бағдарындағы ийгиликли басламалар бойынша кең түрде атап өтти.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен Шымбай районын раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған әмелий жумыслар бойынша да атап өтилип, бул ийгиликли басламаларды еле де даўам еттириў, халық арасындағы шешимин күтип турған, ең зәрүрли, биринши дәрежели машқалаларды шешиў ушын оларды белгилеп алыў мақсетинде көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесилди.

Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды ҳәм алдағы ўақытта шешип бериў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ушырасыўда халық абаданлығы жолында елимиздиң аўызбиршилигин сақлап, биргеликте ҳәрекет қылынса ҳәмме мақсетлерге ерисилетуғынлығы, барлық ийгиликли әмеллер, әлбетте, өз нәтийжесин бериўи айрықша атап өтилди.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter