Get Mystery Box with random crypto!

"Шахтемир" жаслары

Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары Ш
Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары
Канал дареги: @shaxtemir
Категориялар: Жаңылыктар
Тил: main.Kirgizian
Абоненттер: 152

Ratings & Reviews

3.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Акыркы Кабарлар 69

2022-08-21 10:00:33 ~Тобықты бер,--деген ўақытта, суў ишиндеги жигит, тобықты аўзынан шығарып берген.
Буннан көринеди, бул ойын жасларды уқыплылыққа, бир сөзлиликке тәрбиялайды.

ҚЫЗ ҚУУЫЎ--бул дәстүр, бурын да ҳәзир де бар. Үлкен жыйын, тойларда кең тараған, қызықлы, кеўилли көринис. Қыз қуўыудың баслы шәрти~қыз жүйрик атқа минип қашады, жигит қуўады, жетип алса, қыздың бетинен сүйеди. Ал, жигит жете алмай қалған жағдайда, қыз белгили мәрреге дейин, жигитти қамшылап урып келеди.

АТТЫҢ ТУЯҒЫНА ШАБДЫРЫЎ-~аттың туяғы, ямаса, дизелиги аўырып, исип кетсе, мажықса, кишкене ул бала шабдырыў [сийиу] керек, сонда жазылып кетеди,-деген ырым.



KANALIMIZ
https://t.me/shaxtemir
55 viewsedited  07:00
Ачык / Комментарий
2022-08-21 10:00:33 ««АЙЫРЫМ ДӘСТҮРЛЕР ҲАҚҚЫНДА.»»

БАЗАРЛЫҚ~жол сапарына, басқа елге саяхатқа барып келгенде, саўда жолынан келгенде аўылласларына, қоңсы-қобаларға, сыйласып жүрген адамларына, жас балаларға сувенир, ямаса ирили, майдалы сыйлықлар әкеледи. Буны "базарлық" деп атайды. Базарлық әкелиў де жақсы көриў, сыйласықтың белгиси, адамлар арасында бир бирине деген меҳирбанлық, жақсы мүнәсибетлердиң көриниси, сол себептен сыйға берилген заттың үлкен-кишилиги, ямаса арзан қымбатына қарамайды, ең баслысы, ядқа алып,кеўил билдиргенине ырзашылық пайда етеди.

ЕНШИ~балалары ержетип, үйленген соң, ата-ана балаларына өз алдына отаў тигип, дүнья-мүлик берип бөлек шығарады, буны "еншисин берди" деп атайды. Тек ул балалар емес, қыз балаларға да, турмысқа шыққан соң, "жасаўын" береди, бир малды"еншиге"береди. Сондай ақ, қызы балалы болғанда, сол кишкентай жийенге де "енши" береди.

ЖЕТИ АТАСЫН БИЛИЎ~"Жети атасын билген, жети журттың ғамын жер",-деген сөз халқымыз даналығынан келип шыққан. Руўларға бөлиниў, өз руўласынан қыз алмаў, бизиң халқымыздың ҳасыл қәсийетлериниң бири. Сол ушында, ҳәр бир адамның жети атасын билиўи-көргенлилик, билимлилик, ата көргенлигин билдиреди деп есаплап, шаңарақта өсип киятырған өз балаларына жети атасын жаслайынан қулағына қуйып, санасына сиңдирип отырады. Жети атаны үйретиў хәр бир ата-ананың баслы парызы.

АЙДАР ТОЙ~бала туўылғаннан баслап, қарын шашынан тас төбесинде қалдырып, айдар қойылады, оны 5,7 жасларында, елдиң жасы үлкен адамы, ямаса дайы журтынан көпти көрген бир адамға алдырып, шашыў шашылып, шашыў той бериледи. Айдарды тек ул балаларға қояды, бурынғы дәўирде хан, бек әўладларына мийрасхорлық белгиси сыпатында қойылса, ҳәзирги ўақытлары бир жақсы нийетти ырымлап қояды.

ТУМАР ТАҒЫЎ~тумарды хәр қыйлы жағдайларда тағады, биреў себеби менен, биреў себепсиз ақ дегендей. Себеби менен дегенимиз, бала аўыра берсе, я балалары тез-тез шетиней берсе, моллаларға барып, дуўа жаздырып, оны үш мүйешлеп таўарға, ямаса былғары менен қаплап тигип, баланың мойнына тигип қояды. Бул ҳәр түрли қәўип-қәтерден, тил-суқтан, аўырыу-сырқаўдан сақлайды деген түсиниклер менен исленеди. Кишкене балаларға жаўырынша :[жеңсиз] тиккенде, гейде ғаррылардың сеңсен тонларының да жаўырын тусына тумар формасында нағыслар түсириўде, усы исеним нәтийжесинде келип шыққан.

АСАТЫЎ~бурынлары "асатыў" деген дәстүр болып, жақын 80-жылларға дейин айырым жерлерде бул дәстүр сийрек болса да, көринип қалып жүрди.
Бул дәстүрди ең баслы шығыў дереги-бурынлары, тамақ желинип болған соң, төрде отырған жасы үлкен ақсақал, табақта қалған аўқаттан жас балалар менен жас жигитлерге асататуғын болған. Сонлықтан, жас балалар "ет асаймыз",-деп қонақ келген үйди дөгерегинен кетпей жүретуғын болған. Соңғы дәўирлердеги "асатыўлар" да, буның мәнис-мазмунын бузып, қурдаслар палаўдың ишине сүйек салып асатыўлар болып, қолайсыз хәдийселер де жүз берген.

ҚУЛАҚ ТЕСИЎ~бурынлары, қыз бала 9 жас ямаса оннан киширек ўақытлары, қулағын тесиў ушын, қыздың анасы, жеңгеси, апалары жыйналатуғын болған, сөйтип, қыздың қулағын жүўери менен уқалап, ийнемен тесетуғын болған. Ол ушын еки жүўери дәнин алып, қулақтың еки жағынан бир-бирине дәл келтирип, қысады. Бир ўақытларында, тесилген қулаққа қызыл ийттиң жүнин есип, өткеретуғын болған, ол қулақтың исип, жараға айланбаўы ушын, солай исленген. Халқымыз уғымында, қыздың қулағын тесиў-сүннет деп есапланған.

ТОБЫҚ ЖАСЫРЫЎ--бул ҳәзирлери де бар дәстүр, бул өз-ара ўәделесип, шәрт қойып ойналатуғын ойын. Тобық кишкентай ған үш мүйешлеў формадағы, мал жилигинен шығатуғын сүйек. Алдынан тобық шыққан адам оны екинши биреўге берип, шәрт қояды, әлбетте, еки жақтың келисими менен, басқалардың гүўалығы менен. Тобықты берген адам, қәлеген жерде, қәлеген саатта сорап қалыўы мүмкин, сол ўақытта таўып бере алмаса, тобық бериўшиниң шәртин орынлайды, таўып берсе, тобық бериўши сол шәртти орынлау керек. Бир ўақыя: бир қыз жигитке тобық береди, 2 жыл өтеди, 3,4,5 жыл өтеди, сорамайды. Бир күни, қыз үлкен жаптың көпиринен өтип баратырса, жигиттиң суўда шомылып атырғанын көреди.
59 views07:00
Ачык / Комментарий
2022-08-21 05:35:47
#_Bilesiz_be ?
#Kún_tariyxı
BAYRAMLAR
Xalıqaralıq úysiz haywanlar kúni;
Xalıqaralıq pal hárreler kúni;
Marokashta jaslar kúni;
Estoniyada temir jol tariyxı kúni.

Tariyxıy waqıyalar

1803-jıl Avstraliyanıń “Sidney Gazette” gazetası koala haqqındaǵı dúnyadaǵı birinshi tolıq xarakteristikasın járiyaladı;

1825-jıl Odessada áyyemgi buyımlar muzeyi ashıldı;

1841-jıl Jan Xempton jalyuzıydı patentledi;

1911-jıl — Luvr muzeyinen Mona Lizanıń portreti urlandı. Eki jıl ótkennen, soń súwret kútilmegende Florentciyada tabılǵan;


1959 -jıl Gavayi AQShtıń 50-shtatına aylandı;

1965-jıl Angliya futbolında birinshi ret oyınshılar almastırılıwına ruxsat berildi.


https://t.me/shaxtemir
62 viewsedited  02:35
Ачык / Комментарий
2022-08-20 17:32:19
#XABAR

SHÍMBAYDA JEKE MEDICINALÍQ OQÍW ORAYÍ ASHÍLDÍ

Medicina tarawına qızıǵıwshı erler hám hayal-qızlar ushın jaqsı jańalıq. Endi siz medicinalıq baslanǵısh bilimlerdi paytaxtqa barıp úyreniwińiz shárt emes.

Sebebi Shımbay rayonı "Jipek jolı" máhállesi Ibrayim Yusupov kóshesinda jaylasqan (diyxan bazar janında, lavash sentrǵa jaqın orında) "Dárigúl -Afiza" isbilermenlik subekti tárepinen oqıw ornı ashıldı.

Oqıw dawamında baslanǵısh bilimlerdi iyeleysiz hám diplomǵa iye bolasız.

Oqıw múddeti hám tólemleri:
- 1,5 aylıq oqıw kursı ushın tólem - 500 000 (bes júz mıń) swm;

- 3 aylıq oqıw kursı ushın tólem 150 000 (bir júz eliw mıń) swm;

Oqıwǵa tómendegi hújjetlerdi usınasız:

1. Orta yáki joqarı oqıw ornın tamamlaǵanlıq haqqında diplom kopiya
2. Puqaralıq pasportı kopiyası
3. INN kopiya
4. 3x4 ólshemdegi 4 dana foto
5. Delo

Bul oqıw orayın tamamlaǵannan soń diplom alasız, biraq mámleketlik jumısta emes, jeke medicina oraylarında jumıs isley alasız

Tel nomer: 99 576-60-71

https://t.me/krshimbay
74 views14:32
Ачык / Комментарий
2022-08-20 06:15:23
#_Bilesiz_be ?
#Kún_tariyxı
BAYRAMLAR

Xalıqaralıq medicinalıq transport kúni;
Xalıqaralıq shıbınlar kúni;
Qıtayda "Júzim" festivalı baslanıw kúni;
AQSHta radio kúni;
Indiyada qayta tiklenetuǵın energiya kúni.

Tariyxıy waqıyalar

1634-jıl Moskvada Vasiliy Burtsov tárepinen birinshi háripler kitabı baspadan shıǵarıldı;

1897-jıl Ronald Ross bezgek qozǵawtıwshısın ashtı;

1912-jıl Tomas Edison fonograf hám elektr batareyasın patentledi;

1913-jıl Kiyevta Birinshi pútkil Rossiya sport olimpiadası ashıldı;

1960-jıl Birinshi ret kosmosqa ushqan tiri janzatlar — Belka hám Strelka iytleri jerge qayttı.


https://t.me/shaxtemir
83 viewsedited  03:15
Ачык / Комментарий
2022-08-19 12:16:19
O‘zbekiston 158 ta medal bilan Islom birdamligi o‘yinlarida ikkinchi o‘rinni egalladi

18-avgust kuni Turkiyaning Konya shahrida o‘tkazilgan V Islom birdamligi o‘yinlari o‘z nihoyasiga yetdi. Unga ko‘ra, Turkiya terma jamoasi 145 ta oltin, 107 ta kumush va 89 ta bronza — 341 ta medal bilan birinchi, O‘zbekiston terma jamoasi 51 ta oltin, 42 ta kumush va 65 ta bronza — jami 158 ta medal bilan ikkinchi, Eron esa 39 ta oltin, 44 ta kumush va 50 ta bronza — 133 ta medal bilan uchinchi o‘rinni egalladi.

Barcha sportchi yigit-qizlarimizni jamoamiz nomidan tabriklaymiz! Bugun, 19-avgust kuni soat 20:30 da Toshkent xalqaro aeroportida terma jamoamizni tantanali kutib olish rejalashtirilmoqda. Bunga barcha yurtdoshlarimizni, ommaviy axborot vositalari va blogerlarni taklif qilamiz. Kutib olishning aniq vaqti yana qo‘shimcha ma‘lum qilinadi.

@alisher_sadullaev
81 views09:16
Ачык / Комментарий
2022-08-19 08:23:34 ХАБАРЛАНДЫРЫЎ:

Тарийх, Математика, Физика, Биология ҳ.т.б пәнлерден оқыўға таярланыўды қәлеўши, бирақ таярланыўға материаллық жағдайы келмей атырған жасларды Нөкис қаласында таярлыққа усыныс етемиз. Таярлық ушын ҳәр айда төленетуғын 250 мың сўмды Жаслар ислери агентлиги төлеп береди.
Егер сиз таярланыўды қәлесеңиз бүгин бизге хабарласың
77 views05:23
Ачык / Комментарий
2022-08-19 08:16:42
Mánawiyat festivalı

#Fotoreportaj
#Gala_konsert

https://t.me/krshimbay
76 views05:16
Ачык / Комментарий
2022-08-19 05:37:15
#_Bilesiz_be ?
#Kún_tariyxı
BAYRAMLAR

Xalıqaralıq gumanitar járdem kúni;
Xalıqaralıq fotografiya kúni;
AQShta aviatsiya kúni;
Ukrainada pal hárreshiler kúni.

Tariyxıy waqıyalar

1947-jıl A vitamini (retinol) birinshi márte sintez etildi;

1960 -jıl SSSR "Sputnik-5" kosmik kemesin kosmonavtlar — Belka hám Strelka laqaplı ıytler menen orbitaǵa shıǵardı;

2002-jıl Qıtayda mámleket tariyxındaǵı birinshi ashıq rok festivalı juwmaqlandı;

2004-jıl "Google" óz akciyaların fond bazarında satıwdı basladı.


https://t.me/shaxtemir
81 viewsedited  02:37
Ачык / Комментарий