Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жарат | "Шахтемир" жаслары

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

«Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде 1982-1992-жыллардағы «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды.

Жойбар Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылған.

Платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылған. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «Play Market»ке жүкленген ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин https://tusindirmesozlik.uz арқалы излесеңиз болады.