Get Mystery Box with random crypto!

"Шахтемир" жаслары

Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары Ш
Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары
Канал дареги: @shaxtemir
Категориялар: Жаңылыктар
Тил: main.Kirgizian
Абоненттер: 152

Ratings & Reviews

3.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Акыркы Кабарлар 65

2022-09-02 11:12:17
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:

2022-2023-оқыў жылы ушын Қарақалпақстан Республикасында улыўма орта, орта-арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған 500, кейинги жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем 6 500 жаслардың ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилиўи тәмийинленеди.

Мәмлекетимиздиң жетекши жоқары оқыў орынларында экология, аўыл хожалығы, ирригация ҳәм қурылыс бағдарлары бойынша 2023-жылдан баслап, таяныш докторантурада кадрларды мақсетли таярлаў жолға қойылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
51 views08:12
Ачык / Комментарий
2022-09-02 06:25:32
#_Bilesiz_be ?
#Kún_tariyxı

Ózbekstan Respublikası birinshi prezidentin eslew kúni;

Internettiń tuwılǵan kúni;

Gollandiyada Gúller festivali kúni;

Rossiyada Patrul hám qorıqlaw xızmeti kúni;

Tanzaniyada Injenerler kúni;

Ukrainada Notariuslar kúni.

Tariyxıy waqıyalar

1794 -jıl Odessa qalasına tiykar salındı;

1958 - jıl Qıtayda birinshi márte televidenie efirge uzatıldı;


1990-jıl Balalar huqıqları tuwrısındaǵı konvenciya kúshke kirdi;

1994 -jıl Ishki isler ministrligi akademiyası dúzildi;

1995 - jıl Ózbekstan Respublikası Qurallı Kúshleri Akademiyası dúzildi;

1996 - jıl Ukrainada jańa valyuta Grivna engizildi.

https://t.me/shaxtemir
23 viewsedited  03:25
Ачык / Комментарий
2022-09-01 19:34:05 Toʻlov-shartnomalarni elektron shaklda yuklab olish mumkin

2022-yil 5-sentabrdan
boshlab barcha bosqich talabalari (bakalavr, magistr, superkontrakt) to‘lov-shartnomani onlayn yuklab, to‘lovni amalga oshirishlari mumkin. Bunda kontrakt.edu.uz platformasidan foydalangan holda shartnomani yuklab olish talab etiladi. Kontrakt narxlari.

@alisher_sadullaev
50 views16:34
Ачык / Комментарий
2022-09-01 18:35:44
Áyne máwritlerde Jaslar orayı imaratı aldında Ǵárezsizligimizdiń 31 jıllıǵına baǵıshlanǵan “Jańa Ózbekstanda el áziz, insan áziz“ atamasındaǵı koncert baǵdarlaması bolıp ótpekte.

Koncertte qaraqalpaq estrada juldızları, tanıqlı Djlerdiń shıǵıwları hám qızıqlı viktorinalar ótkeriliwi rejelestirilgen.

Bársheni koncertte kútip qalamız.

Telegram | Instagram | You Tube | Fecebook
56 views15:35
Ачык / Комментарий
2022-09-01 09:01:53 АРАЛ ХАНЛЫҒЫ.

Каналымыздағы комментариялардан биринде турақлы окыўшыларымыздан бир бөлеги басқа каналлардан Арал ханлығының географиялык картасын тапса да , бул мәмлекетлик дүзимниң қайсы әсирде болғаны ҳәм онда қандай қәўимлер жасағанын билмей әўере болып атыр екен. Шынында да, мамлекетлик тарийх таныў илимине жақсы мәлим болған бул дерек елеберин жергиликли рәсмий тарийхқа кирмеген ҳәм оны тарийхшыларымызда тилге ала бермейди. Соның ушын Арал ханлығы туўралы Хийуа ханлығы архив ҳужжетлери негизинде сонғы жылларда хийўалы тарийхшылар тәрепинен жазылған ҳем рәсмий баспада өзбек тилинде жарық көрген илимий-монографиялық мийнетлери негизинде қысқаша түсиник берип өтейин.

Картада дурыс көрсетилгениндей, тарийхта Хийўа ханлығынан бийғәрез Арал ханлығы (1721-1736) болғаны Өзбекстан тарийх таныў илиминде әлле қашан дәлилленген тусиник. Ханлыктын халкы Конырат аймағында жасаўшы араллы коныратлар, Шымбай аймагында жасаушы араллы маңғытлар ҳәм Даукара аймагында жасаушы акжагыслы қарақалпақлар болган.Орайы-Аққала, кейин - Сатемирдин (хазирги Шымбай) қаласы. Хукимдары - төре тукымынан Шахтемир хан (Сатемир), бас ўәзири хам әскербасысы онын тууыскан қайниси, шымбайлы маңғытлардың көсеми Сердалы (Шердалы) батыр, пайтахт қала ҳәкими-Сердалынын улы Артык бек. Олардың ис-ҳәрекетлери туўралы хийуа ханлығы архив ҳужжетлеринде мынандай дереклер жазылып қалыпты. "Арал және ғәрезсиз болып, Хийуа ханлығының көп қалаларына қәўип дөндирди. Бес қалаға (Хийуанын) бес марте атланыс жасап, ҳәр сапары жеңилиске ушырады. Кейинги атланысында жениске ерисип, Ўәзир, Гурлен, Шахабад (Шават), Боголон (Багат), Уйғыр, Ханка хам Хазарасптың барлық аймакларын жаўлап алып, Шахтемир хан Хазараспта салтанат тахтына отырды. Хийуалы ҳәмелдарлар Шергазы ханнан (1714-1726) жуз бурып, араллылар тәрепке өтип кетти". Қулласы Шергазы ханның қол астында санаулы адамлары менен Хива, Кат (Бируний) хам Кахраман қалалары ғана қалады. Мине бул бийғәрез Арал ханлығының ҳақыйкат болғанынан бир ғана мысал хам бундай мысалларды көплеп келтириў мумкин. Енди Арал ханлығы еле де тусиниклирек болыўы ушын онын басшыларына тоқтап өтейин. 

ШАХТЕМИР Шахтемирди (Сатемир хан) заманагөй қазақ алымлары ҳеш бир дәлилсиз миллий жағынан әлле қашан өзлерине меншиклестирип жазып киятыр. Ал, Хийуа ханлары шежиресинде Жужи ханнын (1695-96) ақлығы, Муса ханның (1706-07) улы делинеди (К.Худайберганов. Хива хонлары шажараси). Ал, рус жылнамаларында болса сол Жужи ханнын аты-Қабақ хан, Кабаклы хан деп жургизиледи. Жужи (Кабаклы) хан ханлыктагы "Аран хан патыраты "нан кейин бас ўазир қоңырат Адина аталыктын қоллаўы менен Арал бойынан (хазирги "Кабаклы Ата" койымшылығы аймағынан) Хийуа ханлыгы тахтына отырғызылған. Демек, Жужи (Кабаклы) хан муйтен болмаганы менен қарақалпақ төрелеринен болғаны анық болады. Жужи ханның улкен улы-Шахнияз хан (Султаннияз хан,1698-1703), онын улы Элбарыс хан ( 1727-1740), оның улы Екинши Абылгазы ханда (1741-1745) Хийуа тахтында отырган. Бирақ, бул дереклер қарақалпақшаға аўдарылмағанлықтан ҳам "дуўалы аўыз"дан шықпағаннан кейин бәри өтириктей түйиледи. СЕРДАЛЫ БИЙ. Сердалы бий (батыр)-Шымбай әтирапын жайлаған араллы мангытлардын көсеми Мамбетбақый бийдин (хийуалылар тилинде Мухамнед Бокий) улы. Жаслайынан Шергазы ханнын нөкери, кейин бас әскербасысы болған. Кейин хан менен келисе алмай Хийўаны таслап шығып кеткен хам бас жаўына айланган. Бухарадан тууысқан жездеси Шахтемирди Шымбайға алдырып, ортадан хан көтерген.

Хужжетлерде мангыт Сердалы бийдин уш улы болганы айтылады. Артыкбек, Сейдалы бай хам Коразбек деген. Соннан Артыкбек хам Коразбек мангытлар -Хийуада бас ўазир болған. Кулласы, Сатемир хан сыяклы Сердалы бийде Хийуа ханлыгы тарийхында атлары бар, бирақ аты айтылмай киятырған династия ўакили. Оларды жарыққа шығарыў ҳәзирги аўладтың еншисине тийген шығар. Солай болса да оны тарийхшы илимпазлардың өзлери ислеген жақсы. "Шымшық сойса да, қассабы сойғаны мақул". 





KANALIMIZ
https://t.me/shaxtemir
66 viewsedited  06:01
Ачык / Комментарий
2022-09-01 09:01:30
<<Арал ханлығы>>


KANALIMIZ
https://t.me/shaxtemir
60 viewsedited  06:01
Ачык / Комментарий
2022-09-01 07:15:05
#_Bilesiz_be ?
#Kún_tariyxı

BAYRAMLAR

Gúzdiń tuwılǵan kúni;
Bilimler kúni;
Xalıqaralıq xat jazıw kúni;
Ózbekstanda Ǵárezsizlik kúni;
Slovakiyada Konstitutciya kúni;
Tayvanda Jurnalistler kúni;
Peruda Terek egiw kúni.


Tariyxıy waqıyalar

1714 -jıl Rossiya pánler akademiyasınıń kitapxanası ashıldı;

1887 -jıl Amerikalıq oylap tabıwshı Zmil Berliner gramplastinkanı oylap taptı;

1996 -jıl Olimpiada muzeyi ashıldı ;

1997 -jıl Tashkent qalasında haywanat baǵı ashıldı;

2009 -jıl Tashkent qalasınıń 2200 jıllıq yubileyi belgilendi.


https://t.me/shaxtemir
61 viewsedited  04:15
Ачык / Комментарий
2022-09-01 07:14:53
Áziz Watanlaslar!

Qaraqalpaqstan jasları atınan ǵárezsizligimizdiń 31 jıllıq bayramı menen qutlıqlaymız.

Shańaraǵıńızǵa tınıshlıq-tatıwlıq, mol nesiybe, bekkem densawlıq tilep qalamız!

Gózzal hám biytákrar mámleketimizde hárbir shańaraqta tınıshlıq hám párawanlıq húkim súrsin. Elimiz gúllep jaynasın!

Ǵárezsizligimiz mángi bolsın!

Húrmet penen,
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması jámááti.

Kanalımız: @jaslar_isleri_agentligi
54 views04:14
Ачык / Комментарий
2022-08-31 19:33:09
Jaslarımızǵa mazmunlı dem alıs tileymiz

https://t.me/krshimbay
66 views16:33
Ачык / Комментарий
2022-08-31 19:33:09
Tashkent qalasına sayaxatqa jol alǵan belsendi jaslarımız júdá quwanıshlı

https://t.me/krshimbay
63 views16:33
Ачык / Комментарий