Get Mystery Box with random crypto!

"Шахтемир" жаслары

Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары Ш
Telegram каналынын логотиби shaxtemir — "Шахтемир" жаслары
Канал дареги: @shaxtemir
Категориялар: Жаңылыктар
Тил: main.Kirgizian
Абоненттер: 152

Ratings & Reviews

3.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Акыркы Кабарлар 11

2023-03-28 14:07:51
“Jas kitapqumar” tańlawına dizimnen ótiw baslandı

Millionlap jaslardı birlestirip, kitapqumarlardı jaratıp atırǵan “Jas kitapqumar” ushın @yoshkitobxon_bot telegram botı arqalı arzalar 1-sentyabrge shekem qabıl etiledi.

Kitapqumarlardıń usınısları tiykarında ádebiyatlar dizimi 10-14 jas kategoriyasında 50 den 40 qa shekem, 15-19 jas kategoriyasında 60 tan 50 ge shekem, 20-30 jas kategoriyasında 70 ten 50 ge kemeytildi hám mazmunı boyınsha qayta kórip shıǵıldı. 10-14 jas kategoriyasında gazeta hám jurnallar dizimnen alıp taslandı.

Barlıq kitapqumar jaslarǵa áwmet tileymiz!

Dizimnen ótiń:
@yoshkitobxon_bot

| Telegram | Instagram | You Tube | Facebook
57 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 11:07
Ачык / Комментарий
2023-03-28 12:49:04
Дыққат

Дағаза

Ҳүрметли пуқаралар

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Дийқан хожалықларын шөлкемлестириўди қоллап-қуўатлаў арқалы халықтың дәраматларын асырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы қарарына тийкар, Шымбай районы аймағынан егислик жер майданларын аукцион арқалы алыўыңызға болады.
2023 жыл - ушын 379 гектар егин майданларын ашық электорон таңлаў арқалы ижараға бериледи.

Егин майданлары пуқараларға 30 жыл мүддетке бериледи:
суў тǝмийнаты болған жерлерден - 0,30 гектардан 2 гектарға шекем болған ѳлшемлерде;
кем суўлы жерлерден - 0,50 гектардан 2 гектарға шекем болған ѳлшемлерде ижараға бериледи;
«Темир дǝптер», «Ҳаяллар дǝптери» ҳǝм «Жаслар дǝптери»не киритилген пуқараларға дийқан хожалығы ушын жер таңлаў арқалы ижараға берилгенде, олар дǝптерден шығарылмайды ҳǝм олар ушын бǝрше жеңилликлер ҳǝмде преференциялар бир жылға сақланып қалынады.

Толық :
https://shimbay.uz/6659.html

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

Каналымызға ағза болың :
@shimbayrk
67 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 09:49
Ачык / Комментарий
2023-03-28 12:04:48 "Besh tashabbus olimpiadasi" doirasida mahallalarda istiqomat qiluvchi yoshlar o'rtasida besh bosqichli sport musobaqalari
NIZOMI

@material_5tashabbus
58 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 09:04
Ачык / Комментарий
2023-03-21 08:17:52 Arab tilini hali ham oʻrganmadingizmi?

Bugun arab tilidan 17-dars chiqdi. Darslar bilan tanishib, oʻrganishni hoziroq boshlashingiz mumkin.

Shuningdek, bugungi "Tillar menyusi"da quyidagi darslar ham bor:

Turk tilidan 30-dars;

Italyan tilidan 12-dars;

Rus tilidan 38-dars;

Koreys tilidan 21-dars;

Fransuz tilidan 8-dars;

Nemis tilidan intensiv 33-dars;

Hindiy tilidan 6-dars;

Ispan tilidan 37-dars;

Yapon tilidan 11-dars.

Xabarni hammaga emas, eng yaqinlaringizga yuborib qoʻying.

@ibratfarzandlari
33 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 05:17
Ачык / Комментарий
2023-03-20 12:04:03 “Ibrat farzandlari” orqali chet tillarini bepul o‘rganing!

Ingliz tilini “0”dan o‘rganish;
Rus tilini “0”dan o‘rganish;
Turk tilini “0”dan o‘rganish;
Nemis tilini “0”dan o‘rganish;
Koreys tilini “0”dan o‘rganish;
Xitoy tilini “0”dan o‘rganish;
Ispan tilini “0”dan o‘rganish;
Yapon tilini “0”dan o‘rganish;
Arab tilini “0”dan o‘rganish;
Hind tilini “0”dan o‘rganish;
Fransuz tilini “0”dan o‘rganish;
Italyan tilini “0”dan o‘rganish;
O‘zbek tilini “0”dan o‘rganish.

Xorijiy tillarni “Ibrat farzandlari” bilan oson, kreativ va mutlaqo bepul usulda o‘rganing!

@alisher_sadullaev
52 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 09:04
Ачык / Комментарий
2023-03-16 10:37:03 <<==>>ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ҲАҚҚЫНДА ҚЫСҚАША МАҒЛЫЎМАТ<<==>>

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ аймағы148079 гектар майданды қурайды. Соннан егислик жерлер 4096 гектар, 154 гектар бағ, 9 гектар жүзимгершилик, 28 гектар тутзарлықлар болып табылады.

Район Әмиўдәрьяның оң тәрепинде жайласқан болып, арқа-шығысынан Қараөзек, қубласынан Кегейли районы, батысынан Бозатаў районлары менен шегараласады. Суўландырыў "Кегейли" каналы 25 км, "Абат жап" 30 км, "Бес жап" 20 км, "Төрт саға" 40 км, "Гөне Кегейли" 18 км, "Оң Абат жап" 1 км, "Қазақ аша" 12 км, каналлары арқалы иске асады.

XVII-XIX әсирлерде Қарақалпақстанда ири үш дий- ханшылық орайы болған--"Қаллы көл", "Қусхана таў", "Кегейли". Соңғы еки дийханшылық орайы Әмиўдәрьяның оң жағалығында жайласып, олардың ҳәкимлик, экономикалық, мәдений, саўда ҳәм өнерментшилик орайы Шымбай қаласы болған. Себеби, бул қала географиялық жақтан қолайлы орынға жайласқан. Шымбай әтирапындағы жерлери дийханшылық, шарўашылық, балықшылыққа қолайлы болған. Сондай-ақ Шымбай қаласы өз әтирапындағы еллер менен байланысатуғын суў ҳәм қурғақтағы кәрўан жоллардың кесискен жеринде жайласқан. Сонлықтан бул қала ҳәкимлик, экономикалық, мәдений орайға тез айланған. Қаладағы көплеген саўда орайлары, майда санаатлар болып, өнерментшилик раўажланған. Шымбай қаласының әтирапы аңшылыққа қолайлы болған.

XVI-XVIII әсирлерде усы ески Шымбай елатының аймағынан "Кесе жол" деп аталған кәрўан жолы өткен. Ол жол Қара терең--Тахтакөпир--Шойыншы аўыл--Айымбет ийшан--Торғай терек--Бийик мешит--Ахунбаба қойымшылығы--Зайыр--Арал теңизи арқалы өтип, қубладағы отырықшы халықларды арқадағы қазақ қалалары ҳәм Россия менен байланыстырып, олар арасында саўда байланысын жақсылаўға себеп болған. Соның менен бирге жолдың бойында Шахтемир деген ири саўда орайы болғанын тарийхый ҳүжжетлер менен айырым илимпазлар да тасты- йықлайды.

Шымбай қаласында ҳәм оның әтирапында Қарақалпақ халқының атақлы шайырлары менен бақсы жыраўлары, қыс- саханлары жасаған. Соның менен бирге Фирдаўсий, Наўайы, Мақтымқулы ҳәм тағы басқа уллы ойшыллардың шығармаларын жергиликли тилге аўдарыўшылар, көшириўши, саўатлы адамлар болған. Халқымыздың руўхый байлығын усындай ғәзийнелер менен тәмийинлеўдеги зәрүрли қәрежетлерди бериўде Асқар бай, Халмурат бай, Ийгилик байлар менен Исмайыл Төрелер қайыр-сақаўатлы ислер ислеген. Шымбай елатының дилўар қыз-жигитлери жуўапсыз сөз сөйлемей, лаққылары адамлар минезлериндеги кемшиликлерди сынға алыр отырған.

Шымбай елатында XIX әсирде өз дәўириниң басланғыш мектеп [орта жоқары], мешит, медреселери, оқыў орынлары болып, оларда өз заманының саўатлы адамлары болған Сүйин ийшан, Әбдижәлий ийшан [Ҳажы ийшан] ҳәм Бухара, Хийўа медреселеринде оқып келген ахунлар жасларға билим берип, оларды әдеп-икрамлылыққа тәрбиялаған.

Шымбай қаласының тарийхы оның әтирапында жайласқан көплеген тарийхый естеликлер ҳәм елатлы орынлардың тарийхы менен тығыз байланыслы. Бул естеликлерге Күйик қала [VII-VIII әсирлер], Бағдат қаласы [IX әсир], Қошқар ата [XVII-XVIII әсирлер] жатады. Шымбайда ҳәм оның әтирапындағы естеликлердиң тарийхы бирнеше көрнекли илимпазлардың мийнетлеринде жазылған.

Тарийх, археология ҳәм этнографиялық изертлеўлердиң нәтийжесинде Әмиўдәрьяның төменги алабында VII-XI әсирлерде Кердер ўәләятының өмир сүргени анықланды. Қорғанша, Күйик қала, Бағдат, Төк қала, Ҳайўанқала, Моншақлы, Пуджай ҳәм тағы басқалар сол Кердер ўәләятының дәслепки қалалары, бас қаласы Кердер болған.

728-жылы Кердер қаласының турғынлары араблар үстемлигине қарсы көтерилис жасаған. Арабия илимпазы Магдиси [X әсир] Дарсан қаласынан [Төк қаладан] төменде орналасқан Кердер қаласына шекем 49-50 км деп көрсетеди. Шымбай қаласы ҳәзирги атама менен шығыс тиллериндеги жазба дереклерде 1730-жыллардан, ал рус тилиндеги жазба дереклерде 1810-жыллардан баслап гезлеседи.

1873-жылы Әмиўдәрьяның оң жағалаўындағы халықлар Россияға қосылыўы менен Әмиўдәрья бөлими шөлкемлести. Ол еки участкаға бөлинди. Оның бир участкасына ҳәзирги Әмиўдәрьяның төменги оң алабындағы барлық халықлар қарап, оның орайы Шымбай қаласы болған.XIX әсирде Шымбай қаласында ҳәр түрли кишигирим санаат орынлары пайда болды.
56 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 07:37
Ачык / Комментарий
2023-03-16 10:37:03
50 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 07:37
Ачык / Комментарий
2023-03-16 10:35:47
43 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 07:35
Ачык / Комментарий
2023-03-16 10:35:47
43 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 07:35
Ачык / Комментарий
2023-03-16 10:35:47
43 viewsТлеубаев Бахтыбай Ережепбаевич, 07:35
Ачык / Комментарий