Get Mystery Box with random crypto!

ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС. Тобынан айрылған торы - ала ғаздың, Ғаңқылдыс | "Шахтемир" жаслары

ГҮЛЛЕР АҢЛАМАС.

Тобынан айрылған торы - ала ғаздың,
Ғаңқылдысын айдын көллер аңламас,
Гүл ышқында күйген бүлбил наласын,
Бәҳәрде ашылған гүллер аңламас.

Биреўге айралық, биреўге сайран,
Дүньягың исине қаларсаң ҳайран.
Суў излеп ылақса жаралы жәйран,
Өзи суўсап атқан шөллер аңламас.

Қастың бардай сонша қыйнап жанымды,
Аяўсыз шертерсең кеўил тарымды,
Мениң сен деп шеккен азапларымды,
Қудаға мың шүкир еллер аңламас.

Гүл мәусими өтер, бәҳәри - жазы,
Биймезгил урмағай қазан аязы,
Ашық Аяз сен деп питкен баязын,
Бийдәрт жанлар, алшақ диллер аңламас.

И.Юсупов