Get Mystery Box with random crypto!

Берекет сизлерде көше бийлери. Күни түни  әтирапты бақлайсыз, | "Шахтемир" жаслары

Берекет сизлерде көше бийлери.

Күни түни  әтирапты бақлайсыз,
Кимниң сөзи дурыс болса жақлайсыз,
Елдиң аўыз биршилигин сақлайсыз,
Ақыл парасатлы көше бийлери.

Биреў тоңып, биреў тойып секирер,
Биреў түн ярпында  сыртта өкирер,
Биреўи аш, биреўи май кекирер,
Бәрин бақлап жүрер көше бийлери.

Адамлардың нәмәртинен мәрти көп,
Ис жақпастың  қоятуғын шәрти көп,
Биразының айта алмас дәрти көп,
Бес саўсақтай билер көше бийлери.

  Үй иш ,бала шағаң, мал жан                      аман ба?
Аяқ қосыў аңсат емес заманға,
Ҳеш исиң түспегей теги жаманға,
Тар жерде тарығар көше бийлери.

Мийнет етсе  ырғалады дақыллар,
Қап қолласса тарықпайды жақынлар,
Болғанларды көре алмас бақыллар,
Бәрин бақлап  жүрер  көше бийлери.

Ҳәр бир үйди, ҳәр мүйешти билесиз,
Ойлы бәлент жерин көзге илесиз,
Ел халықтың тилегинде жүресиз,
Ҳәкимниң оң қолы --көше бийлери.

Бар болса да қолын жаяр базылар,
Тулкини қуўғысы келер тазылар...
Бул кеселден олар қалай жазылар?!..
Ийегин қымады көше бийлери.

Қолдан берген жемге қуслар тояр ма?!
Ғарғалар ғарғаның көзин ояр ма?!,
""Қаралар""бәрҳама ақты  бояр ма?!
Сизлер не дейсизлер көше бийлери?!.

Көбейип баратыр қолын жайғанлар,
""Жалғызбан "" дейди ме бахты тайғанлар,?!,
Иллет боп кетпесин зәрре байқаңлар,
Елди тәрбиялаң  -көше бийлери.

Буннан жаман күнде тойға барғанбыз,
Тентек болса бир ""қамшылап"" алғанбыз,
Қол усласып  Ўатан дүзеп қалғанбыз.
Алпыс бий әўлады--көше бийлери.

Журт басшыға атқосшының  зорысыз,
Ҳарып талса сизлер аяқ қолысыз,
Дуп дүзиў  болсаңыз айдын жолысыз,
Қол қанат болыңлар көше бийлери.

Президент сизлерди қуўатлап атыр,
Пул яки гүл керек пе буўатлап атыр,
Жас улкен , жас киши қанатлап атыр,
Елдиң уйытқысы көше бийлери.

Шаңарақ бахытлы, ел Аман болғай,
Қарун бай көрмеген бир заман болғай,
Ата мәкәныма Қумай қус қонғай,
Берекет сизлерде көше бийлери.

Алпыс бий әўлады көше бийлери.

Гулистан Дәўлетова 

27 апрель 2023 жыл.