Get Mystery Box with random crypto!

Әзиз ўатанласлар! Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик ты | "Шахтемир" жаслары

Әзиз ўатанласлар!

Инсаныйлық, сабыр ҳәм қанаат, шүкиршилик тымсалы болған бул қутлы әййям күнлеринде пүткил мусылман әлеми ушын муқаддес Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бәршеңизди қызғын қутлықлаймыз.

Ҳәммениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған усы қуўанышлы демлерде ең дәслеп усындай қутлы ҳәм пазыйлетли күнлерге мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз. Сиз әзизлер менен бирге және бир мәрте мүбәрек Рамазан айының шәпәәти ҳәм пазыйлетлерин көриў несип етти.

Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз.
Алла-тааланың рейими жаўылатуғын усы қутлы ҳәм берекетли күнде сизлерди Рамазан ҳайыты менен шын жүректен қутлықлаймыз.

Мүбәрек Рамазанда қылған барлық жақсы нийет ҳәм дуўаларыңыз қабыл болсын!

Рамазан ҳайыты бәршемизге мүбәрек болсын!


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенеси


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram Website Instagram Facebook Twitter