Get Mystery Box with random crypto!

ДАҒАЗА Нөкис транспорт техникумы жанындағы «Қурылыс тараўы ма | "Шахтемир" жаслары

ДАҒАЗА

Нөкис транспорт техникумы жанындағы «Қурылыс тараўы маман қәнийгелерди таярлаў орайы» қысқа мүддетли оқыў курсына 2023-жыл 25-31-март аралығында ҳүжжет қабыллайды ҳәм 1-апрельден оқыў курсы басланатуғынлығын хабарлайды.
1. Ағаш устасы (усташылық ҳәм пол жатқызыў)
2. Бетоншы (темир бетон жумыслары)
3. Бояўшы-безеўши (Қурылыс пардозлаў жумыслары)
4. Гипсокартон монтажшысы
5. Гербиш өриўши
6. Кран машинисти
7. Қаплаўшы плиткашы (кафел териў жумыслары (кафелшик))
8. Сантехника жумыслары
9. Стропалшы (көтерме кран басқарыўшысы жәрдемшиси)
10. Сыбаўшы
11. Полат ҳәм темирбетон конструкцияларын монтажлаўшы
12. Электр газ кепсерлеўши (сваршик)
13. Электр монтажлаўшы (електрик)
14. Там жабыўшы (кровелшик)

Орайда тыңлаўшылар 3 мезгил ыссы аўқат ҳәм жатақхана менен тәмийнленеди. Оқыў курсы даўамында тыңлаўшыларды социаллық қоллап қуўатлаў мақсетинде 690000 сум муғдарында стипендия төленеди.

Оқыўды қәлеўшилер 18 жастан жоқары болыўы керек.

ТОЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТ
Районлық бәнтликке көмеклесиу орайына хабарласың