Get Mystery Box with random crypto!

DANALÍQLAR

Telegram каналынын логотиби danaliq — DANALÍQLAR D
Telegram каналынын логотиби danaliq — DANALÍQLAR
Канал дареги: @danaliq
Категориялар: Цитаталар
Тил: main.Kirgizian
Абоненттер: 673
Каналдан сүрөттөмө

Бул каналда белгили адамлар, данышпанлар сөзлери Бахыт Раманова аўдармасында.
Қосымша усыныс ҳәм пикирлер ушын t.me/danaliqlar топарына кирсеңиз болады.
Даналардың мәңгилик ҳикметлеринен азық ал!

Ratings & Reviews

2.00

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

1


Акыркы Кабарлар 2

2022-09-14 14:20:54 ЕГЕР БҮГИНГИ АҚЫЛЫМ БОЛҒАНЫНДА КЕШЕГИ ҚӘТЕЛЕРДИ ҚЫЛМАС ЕДИМ ДЕП ОЙЛАМА, ЕГЕР КЕШЕГИ ҚӘТЕЛЕРДИ ҚЫЛМАҒАНЫҢДА БҮГИНГИ АҚЫЛЫҢ БОЛМАС ЕДИ.

@danaliq
1.3K viewsedited  11:20
Ачык / Комментарий
2022-07-31 14:22:08 "ИНСАН–СУЎДАЙ БОЛЫЎЫ КЕРЕК" ДЕСЕДИ.

• СУЎ АЎЫР ЖҮКЛЕРДИ ҮСТИНДЕ КӨТЕРЕДИ.

• ҚЫМБАТ БАҲАЛЫ НӘРСЕЛЕРДИ БОЛСА ӨЗИНИҢ ТЕРЕҢ ТҮБИНЕ АЛАДЫ.

• ӨЛИ ЖЕРГЕ ӨМИР БЕРЕДИ.

• АЛДЫНАН ТОСҚЫН ШЫҚСА, ТОҚТАП ҚАЛМАЙДЫ, АЙЛАНЫП ӨТИП ЖОЛЫН ДАЎАМ ЕТТИРЕДИ.

• СУЎДЫ АЛТЫН ЫДЫСҚА ҚУЙСАҢ ДА, ЫЛАЙДАН ЖАСАЛҒАН ЫДЫСҚА ҚУЙСАҢ ДА ОЛ ӨЗ РЕҢИН ӨЗГЕРТПЕЙДИ.


@danaliq
1.4K viewsedited  11:22
Ачык / Комментарий
2022-07-22 12:49:59 ЕГЕР ИНСАН СЕНИҢ
АРЗЫЎ-ӘРМАНЛАРЫҢДЫ
ТҮСИНБЕСЕ–ОЛ СЕНИҢ
ИНСАНЫҢ ЕМЕС.

Дмитрий Гринберг
@danaliq
1.6K viewsedited  09:49
Ачык / Комментарий
2022-07-22 12:42:28 ҲӘЛСИЗЛЕР ҲЕШ ҚАШАН
КЕШИРМЕЙДИ.
КЕШИРИЎ–КҮШЛИЛЕРГЕ
ТӘН ҚӘСИЙЕТ.

Махатма Ганди
@danaliq
1.5K viewsedited  09:42
Ачык / Комментарий
2022-07-22 12:38:28 МЕН КЕЛЕШЕКТИ АЛДЫН
АЛА БОЛЖАЎДЫ ЖАҚСЫ
КӨРМЕЙМЕН. МЕН БҮГИН
ҲАҚҚЫНДА ОЙЛАЎЫМ ҲӘМ
СОНЫҢ ТӘШЎИШИ МЕНЕН
БОЛЫЎЫМ КЕРЕК. ҚУДАЙЫМ
МАҒАН ЕНДИ БОЛАТУҒЫН НӘРСЕНИ БАСҚАРЫЎЫМ
УШЫН МҮМКИНШИЛИК
БЕРГЕН ЖОҚ.

Махатма Ганди
@danaliq
1.7K viewsedited  09:38
Ачык / Комментарий
2022-07-22 12:11:28 БИР ИНСАННАН КЕЎЛИҢИЗ ҚАЛДЫ МА, ЕНДИ СИЗГЕ БӘРИБИР БОЛАДЫ, ОЛ ҚАЙ ЖЕРДЕ, КИМ МЕНЕН, СИЗ ҲАҚҚЫНДА НЕ ОЙЛАЙДЫ ЯКИ ОЙЛАМАЙДЫ. БУНЫҢ ЕНДИ СИЗГЕ ПАРҚЫ ЖОҚ.

@danaliq
1.4K viewsedited  09:11
Ачык / Комментарий
2022-07-22 12:01:07 ЕРТЕ МЕ ЯМАСА КЕШ ПЕ БИЗЛЕР КЕРЕКЛИ АДАМЛАР МЕНЕН БИРГЕ БОЛАМЫЗ ҲӘМ КЕРЕКСИЗЛЕР МЕНЕН ТАРҚАСАМЫЗ.

@danaliq
1.2K viewsedited  09:01
Ачык / Комментарий
2022-06-20 16:16:13 #ҲӘММЕ_ОҚЫСЫН
#ИБРАТ

ИСЛЕГЕН ИСИҢ ӨЗИҢЕ ҚАЙТАДЫ

Бир күни фермер батпақлыққа жақын жерден үйине қайтып киятыр еди. Сол ўақытта ол бирден жәрдем сорап қышқырған даўысты еситти. Фермер жәрдем бериўге асықты ҳәм уймаға батып баратырған баланы көрди. Бала жан-тәни менен батпақ уймасынан шығыўға урынар, бирақ оның ҳәрбир ҳәрекети оны әжел қурдымына қарай тартар еди. Бала үмитсизлик ҳәм қорқыныштан қатты қышқырар еди. Фермер тезлик пенен жуўан бир қаданы кесип алды, абайлап уймага жақынлады ҳәм қутқарыўшы сырықты шөгип баратырған балаға қарай созды. Бала қәўипсиз жерге шығып алды. Оған қалтыратпа тийип, көз жасларын тыя алмас еди. Бирақ, ең баслысы – ол енди қәўиптен қутқарылған еди.
–Қәне, мениң үйиме кеттик. Сен тынышланып алыўың, кийимлериңди кептириўиң, жылынып алыўың керек,–
деди фермер.
–Жоқ-жоқ,–деди бала басын шайқап, мени үйде әкем күтип отыр, ол жүдә тәшўишленип атырған болса керек. Өзиниң қутқарыўшысының көзлерине миннетдаршылық пенен қарап, бала жуўырып кетип қалды...
Азанда фермер өз үйиниң алдына ҳасылдар атлар жегилген саўлатлы арбаның келип тоқтағанын көрди. *Каретадан үстине қымбат баҳалы кийимлер кийген *джентльмен түсип келди ҳәм сорады:
–Кеше мениң баламның өмирин сақлап қалған сиз боласыз ба?
–Аўа, мен,–жуўап берди фермер.
–Мен сизге қанша қарызбан?
–Мени қапа қылып атырсыз, мырза. Сиз маған ҳешқандай қарыздар емессиз. Мен ақыл-еси жайында болған ҳәрбир адамның ислеўи керек болған исин иследим.
–Яқ, мен буны қурыдан қуры солай қалдыра алмайман. Өйткени, мениң улым мен ушын оғада қәдирли, сиз аўзыңыздың толғанын айта бериң деп өз сөзинен қайтпай турып алды каретада келген мырза.
–Яқ, мен бул мәселеде артық
сөйлесиўди қәлемеймен, хош болың деп фермер кетиў ушын ыңғайласып атырғанда қапталдан оның баласы жуўырып шығып келди.
–Бул сизиң улыңыз ба?–деп сорады келген бай инсан.
–Аўа,–деди фермер мақтаныш пенен баласының басын сыйпалап.
–Онда былай ислейик,–деди бай мырза,–мен сениң улыңды өзим менен Лондонға алып кетемен ҳәм оның оқыўы ушын барлық ғәрежетин қаплайман. Егер балаңыз да сизге усаған инсан болатуғын болса, онда сиз де, мен де бул шешимнен ҳасла өкинбеймиз. Арадан жыллар өтти. Фермердиң улы мектепти тамамлады, кейиннен медицина университетин тамамлады, тез арада оның аты пүткил дүньяға пенициллинди ашқан инсан сыпатында танылды. Бул инсанның аты-жөни АЛЕКСАНДР ФЛЕММИНГ еди. Тап урыс басланардан алдын Лондонның бай клиникаларының бирине өкпе асқыныўының аўыр түри менен сол баяғы джентльменниң улы түсип қалды.
–Сиз не деп ойлайсыз, бул сапар оның өмирин не қутқарып қалды?! Аңызларға көре, бул рет оның өмирин Александр Флеммингтиң ойлап тапқан пенициллини қутқарған. Александр Флеммингти оқытып, билимли қылған бай джентльменниң исми – РАНДОЛЬФ ЧЕРЧИЛЛЬ еди. Ал, оның улының исми – УИНСТОН ЧЕРЧИЛЛЬ болып, соңғылығында Англияның премьер-министри болды.

Уинстон Черчилльдиң айтқанындай:
«СЕН ТӘРЕПТЕН ИСЛЕНГЕН
НӘРСЕ САҒАН ҚАЙТАДЫ»

*Карета – үлкен, төрт дөңгелекли, үсти ҳәм ҳәмме тәреплери жабық, атқа жегилетуғын арба.

*Джентльмен – Англияда жәмийетте қабыл етилген тәртип қағыйдаларға әмел етиўши, сыпайы, тәрбиялы, жоқары әдеп-икрамлылыққа ийе болған ер адам.


@danaliq
3.2K viewsedited  13:16
Ачык / Комментарий
2022-06-10 13:43:30
1.5K views10:43
Ачык / Комментарий
2022-06-10 13:26:46 #ҲӘММЕ_ОҚЫСЫН
#ПАЙДАЛЫ

ТИБЕТ ДАНЫШПАНЛАРЫНАН ӨМИРГЕ КӨРСЕТПЕ

Өмир биз ойлағанымыздан көре аңсатырақ. Тибет данышпанларының даналығы. Ҳәмме уллылықлар – әпиўайы!

1. Унайды ма – айт.

2. Унамайды ма – айт.

3. Кимдидур деп зериктиң бе – қоңыраў ет.

4. Түсиниксиз бе – сора.

5. Ушырасқың келеди ме –
шақыр.

6. Бир нәрсени қәлейсең бе – өтинип сора.

7. Ҳешқашан бәсекилеспе.

8. Түсиникли болғың келе ме – түсиндир.

9. Егер айыплы болсаң, дәрриў, бул ҳаққында айт ҳәм өзиңди ақлаўға себеп ақтарма.

10. Бәрҳа ядыңда тут, ҳәркимниң өз ҳақыйқаты бар ҳәм ол ҳәмме ўақытта да сеники менен сәйкес келе бермейди.

11. Ақмақ адамлар менен қатнаста болма.

12. Бул өмирде ең баслысы – бул муҳаббат, басқасы бәри – мәниссиз майда-шүйделер.

13. Инсанның машқаласы тек ғана оның басында орналасқан болады.

14. Дөгерегимиздеги дүнья – жаўыз да емес, хақ кеўил де
емес. Оған сен барсаң ба яки жоқсаң ба, бәри бир.

15. Ҳәрбир ҳәдийседен
ләззет алыўға ҳәрекет ет.

16. Бәрҳа ядыңда тут, сенде басқа өмир болмайды.

17. Езбе болма.

18. Ядта тут, сен ҳешкимге,
ҳешнәрсе қарыздар емессең.

19. Ядта тут, ҳешким саған ҳешнәрсе қарыздар емес.

20. Дүньяны билиўдей ләззеттен ўақтыңды ҳәм пулыңды аяма.

21. Өмирде тек ғана өзиңе
есапла (Тек өзиңе, өз күшиңе исен деген мәниде).

22. Өз сезимлериңе исен.

23. Ҳаяллар менен (соның менен бирге ерлер менен) тап жас балалар менен болғаныңдай сабырлы ҳәм шығыса алатуғын бол.

24. Егер сениң кейпиятың
жаман болса, ойлан, егер
сен өлип қалағойсаң, сенде
бул да болмайды.

25. Бүгин жаса, өйткени кешеги күн енди жоқ, ертеңги күн болмаўы да мүмкин.

26. БИЛИП ҚОЙ, БҮГИНГИ
КҮН – БУЛ ЕҢ ЖАҚСЫ КҮН.

Мәнили цитаталар
@danaliq
2.3K viewsedited  10:26
Ачык / Комментарий